tg-me.com/ibrayim_yusupov/2029
Last Update:
СЕГИЗИНШИ МАРТТАН БИР ҲӘПТЕ АЛДЫН
ЖАЗЫЛҒАН ҚОСЫҚ
🌸Кел, отыр қасыма жақынлап, жаным,
Мақул телевизорды-да ашпасаң.
Қыбырлысы питпес үйдиң, дүньяның,
Жумыс қашып кетпес, өзиң қашпасаң.
🌸Бул бир кеше болсын дем алатуғын,
Жанға тийип кетти "ўарра-ўарра" лар.
Үшинши жыйналыста отырып бүгин,
Сен туўралы жазған қосығым-да бар...
🌸Сөйле, не айтсаң-да қулағым таяр,
Ротарудың кассетасын таптың ба?
Ҳаяллар дүньясында не жаңалық бар?
Теккерейдиң соңын оқып шықтың ба?
🌸Қайғырма тапсам деп моданың бабын,
Өйтсең жыйрық түсер гүлдей жүзиңе.
Оқыўшыға болсын жазған китабым,
Барлық гонорары—тек те өзиңе...
🌸Мине, бир ҳәптеден байрам да келер,
Бул сениң байрамың,—гүллер байрамы.
Ҳәзир көп жигитлер, көп мәкемелер
Еплеп байрам өткизиўдиң ҳайраны.
🌸Қутлықлаўлар болар, дүканлар толар,
Сүтлер—очередсиз, тортлар—мазалы.
Байрам өткеннен соң тым-тырыс болар,
Тарқағандай ярмарканың базары.
🌸"Зеленстрой" бар планға шебер,
Қыс түўе, жазда-да гүл шықпас оннан.
Баку, Душанбеден келген саўдагер
Бир қәлемпир гүлди сатар үш сомнан.
🌸Шүкир ол гүлдиң-де табылғанына,
Қайсы дүкан тәўир қайсы көшеде?
Ҳәзир биз аламыз тек айтқанына,
Жарты жыл айлықсыз қалдық десе де...
🌸Бүгин қысынамыз иштен уялып,
Сөзди иске жеге алмағанлықтан.
Мәрмер сарайлар ҳәм дачалар салып,
Оңлы бала бақша салмағанлықтан.
🌸Үй ҳәм бала-шаға, мийман күтиўлер,
Ҳәммесин ҳаялдың мойнына артып,
Қонақ пенен қонақ болып кетиўлер,
Қайта қурыў сүймес бул гөне тәртип.
🌸Жақсы болар еди тыйылса бәри,
Бийдәўлетлик, ўарқ-шарқ басын жалмаса.
Саўылып жарыспақ қуўыў базары,
Өсек айтыўға-да ўақыт қалмаса.
🌸Сөз бенен ис бирлессе бул жерде-де,
Бир бағдарда шаўа бермей атларды.
Қайта қурмақ керек кеўиллерди-де,
Еркек ўәде, жалған муҳаббатларды.
🌸"Байрамымыз жоқ" деп еркек налымас,
Март киятыр десе қуўжыңласамыз.
Байрам дастүрқаны жыныс айырмас,
Саўлығыңыз ушын шалқып йошамыз...
🌸Айтсақ, толып атыр гәп етер жери.
Мейли, бүгин дем алайық жөнине,
Арзымас дүньяның сәпсетелери
Сен ўақтың хош болып бир күлгениңе.
🌸Кел отыр жаныма, сөйле бахыттан,
Муҳаббатсыз бүлбил сайраған емес.
Ҳаял-қыз шад болмай, ҳеш бир ўақытта
Ҳеш бир жерде турмыс жайнаған емес.
Ибрайым Юсупов
1987-жыл, 23-февраль.
Каналымыз: https://www.tg-me.com/us/Ибрайым Юсупов/com.ibrayim_yusupov
BY Ибрайым Юсупов
Warning: Undefined variable $i in /var/www/tg-me/post.php on line 283
Share with your friend now:
tg-me.com/ibrayim_yusupov/2029