Telegram Group Search
Өзбекстан халқынан Қазақстан халқына гуманитарлық жәрдем

Президент Шавкат Мирзиёевтың тапсырмасына тийкар Қазақстан Республикасында жүз берген суў тасқынлары ақибетинде зыян көрген халыққа 10 тонналық гуманитарлық жәрдеми жиберилди.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️50% шегирме

"Қарақалпақстан ҳаўазы" телеграм каналы бәрше кәрхана ҳәм шөлкемлердиң искерлигин каналға тийисли социаллық тармақларда жаратып барыў бойынша шәртнама тийкарында бирге ислесиўге шақырады.

Сондай-ақ, бизнес ийелери ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шәртлерде реклама хызметлерин усынады.

Апрель айы соңына шекем каналымызда рекламаларыңызды 50% шегирме менен жайластырсаңыз болады.

Қосымша мағлыўматқа ийе болыў ушын
@Qrhawazi_admin мәнзилине мүрәжәт етсеңиз болады.

🕊Телеграм | Инстаграм 📱
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ақтенге Кеунимжаева Париж-2024 Олимпиада жолланбасын қолға киргизди

Қырғызстан Республикасы пайтахты Бишкек қаласында спорт гүреслери бойынша Азия лицензиялық турнири даўам етпекте.

Ҳаяллар гүреси бойынша Париж -2024 Олимпиадасы лицензиялары ушын болып атырған жарыста Ақтенге Кеунимжаева тарийхый нәтийжеге еристи.

50 кг салмақ категориясында қатнасып атырған жерлесимиз ярым финалда қарсыласын жеңилиске ушыратып, Париж -2024 Олимпиадасы жолланбасын қолға киргизди.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Пара алыў жынаяты анықланды.

Ҳуқықты қорғаў уйым хызметкерлери тәрепинен 2024-жыл 17-апрель күни пуқара М.А.ның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Бюджеттен тыскары пенсия қоры Хожели районы бөлими баслығы З.А. арза ийеси М.А.ға анасын пенсияға шығарып бериўди ўәде етип, буның есесине 1 млн. сўм пулларды алған ўақтында иркилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

🕊Телеграм | Инстаграм 📱
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Талан-тараж етиў жынаяты анықланды.

“A.V.” ЖШЖ лаўазымлы шахслары 2020-жыл сентябрь айында АК “Халық банк” ҚР филиалы тәрепинен нәсилли қара малларды сатып алыў ушын ажыратылған жәми 4 млрд. 583 млн. сўм кредит каржыларының 2 млрд. 500 млн. сўмын басқа мақсетлерге жумсап, талан-тараж еткенлиги анықланған.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти, 184-статьясы 3-бөлими ҳәм 205-статьясы 2-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

🕊Телеграм | Инстаграм 📱
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
💡 Бүгин Нөкис қаласы ҳәм және 6 районда гезекпе-гезек «свет» өшеди

Усы жылдың 21-апрель күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласы аймақларын электр энергиясы менен тәмийинлеўде шеклеўлер жүзеге келеди.

Себеби, Тақыятас ИЭСтен шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Орайлық» ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумыслары алып барылыўы жобаластырылған.

🕊Телеграм | Инстаграм 📱
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚠️ Абайлы болың! Тарқатың!

❗️Социаллық тармақларда (Youtube) “Үйде периште болыўды қәлейсизбе?” деген мазмундағы видео тарқалған. Бул видео баланы суицидке (өзин өзи өлтириўге) шақырады.

🛑 Онда балаға “периште”ге айланыў ушын көрсетпелер берилген. Яғный балаға хәмме уйқлағанда кухняға барып газдың қулақларын толық ашып шырпыны жақпастан қайтадан орнына барып жатыў айтылады.

Балаңыз телефонда не көрип атырғанын қадағалап турың!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

Дерек

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2024-жыл 22-апрельден қысқа мүддетли мийнет дем алысына шықты.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ЎАҚТЫНША ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛГЕН ЖӨНЕЛИСЛЕР ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТ
👇👇👇

1. 5-санлы  "Орайлық базар-Жийдели байсын автовокзал" 10 дана  микроавтобус

2.  7-санлы "Орайлық базар-Қум аўыл (Мардан ата көшеси)" 12 дана микроавтобус

3. 12-санлы  "Орайлық базар-Қызкеткен елаты (Рес.ГАЙ)"  12 дана микроавтобус

4.  14-санлы  "Орайлық базар-Нөкис қалалық саўда комплекси"  8 дана микроавтобус

5.  17-санлы "Орайлық базар-Нөкис арқа-батыс автовокзал" 15 дана микроавтобус

6. 30-санлы  "Орайлық базар-Шымбай гүзары МПЖ(14-көше)"  10 дана микроавтобус

7.  36-санлы  "Орайлық базар-Кебир аўыл"  12 дана микроавтобус

8. 43-санлы "Орайлық базар-Таслақ елаты(Мал базар)"  10 дана микроавтобус

9.  52-санлы "Орайлық базар-10-санлы мектеп интернат"  10 дана микроавтобус

10.  57-санлы  "Орайлық базар-Нөкис арқа-батыс автовокзал"  12 дана микроавтобус

11.  65-санлы  "Орайлық базар-Саманбай елаты (Жағалық көшеси)"  8 дана микроавтобус

12.  4-санлы  "Нөкис арқа батыс автовокзал-Нөкис қалалық саўда комплекси"  14 дана микроавтобус

13. 19-санлы  "Нөкис Әскерий горнизоны-Жийдели байсын автовокзал"  10 дана микроавтобус

14. 54-санлы  "М.Дәрибаев көшеси-Қарақалпақстан көшеси-Онкология диспансери"  8 дана микроавтобус

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сапаров Урынбасар Нийетбаевич - Бозатаў районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

У.Сапаров жаңа лаўазымға тайынлаўға шекем Бозатаў районы “Бозатаў” посёлка пуқаралар жыйынында мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында жумыс ислеген.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Талан-тараж етиў жынаяты анықланды

Амиўдарья районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 67-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ҳәм 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ысытыў казанларын сатып алыў ҳәм даслепки қурылыс ремонтлаў ислери ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған бюджет қаржыларының 1 млрд. 184 млн. 507 мың сўм бюджет қаржылары өзлестириў ҳәм растрата қылыў жолы менен талан-тараж етилген.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ “АРНАЎЛЫ РАКУРС” - Өзбекстан Республикасы Президенти Мәлимлеме хызметиниң социаллық тармақларындағы рәсмий бетлеринде әҳмийетли хабарлар енди қарақалпақ тилинде!

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Телеграмда “вирус” тарқалды

📩 Сизге танысыңыздан төмендегише қысқа хабар келеди: httpp://gg.gg/1ad1nw Premiumni 3 oyga mutlaqo BEPUL oling!

Сиз бул силтеме үстине бассаңыз ҳәммеси тамам! Сизиң телеграм аккаунтыңызға бийгана адамлар кирип алып сизиң контактыңыздағы досларыңызға арнаўлы ботлар арқалы сизиң атыңыздан усы хабарды оларға жибереди.

‼️ ЕСКЕРТЕМИЗ: Дус келген хабарға исенебермең, гүманлы силтемелерди ашып көрмең, бийпул ақша десе жүгирип кетебермең, телефон номериңизди ҳәр жаққа жазып қалдырмаң, SMS-кодты ҳеш кимге айтпаң, исениўшең болмаң!

Бул хабарды жақынларыңызға тарқатып оларды да ескертип қойың!

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Не ушын электроэнергия ҳәм тәбийий газдың классификацияланған тарифлери енгизилиўи керек болды?

Бизге мәлим болыўынша, усы ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасында 1 кВт электр энергиясын ислеп шығарыў баҳасы 970 сумды, 1 куб метр тәбийий газди ислеп шыгарыў баҳасы болса 1890 сумды қураған.

Бирақ, мәмлекет тәрепинен жеңиллик болыўы ушын электр энергиясы ҳәм де табийий газ халқымызға өзиниң баҳасында сатылмаған. Яғный, усы ўақытқа шекем мәмлекет 1 кВт электр энергиясын халыққа 295 сумнан жеткерип берген болса, қалған 675 сумын бюджет есабынан субсидия тәризинде төлеп келген. Бул жағдай тәбийий газге де қолланылған (1 куб метр газдиң 380 сумын халық, 1510 сумын мәмлекет төлеген)

Мағлыўмат ушын, мәмлекет бюджети бул - халық төлеген салық дегени. Демек, субсидия ушын ажыратылатуғын пулларда халықтың бюджети болып есапланады.

Өткерилген тәжрийбелерге көре, орташа бир шаңарақ, кондиционер, кир жуўыў машинасы, утюг, телевизор пайдаланғанда айына 183 кВт-саат электр энергиясынан пайдаланған болып шыққан.

Ал бассейинин ысытатуғын, сауна қурған бай шахслар болса айына 5 мың кВт-саат электр энергиясы ислеткен.

Әлбетте, 5 мың кВт-саат электр энергиясы өзиниң есабынан емес, мәмлекет бюджети есабынан "төленген". Берилип атырған субсидияның кәмбағалдан да көре, байларға көбирек пайдасы тийген.

Нәтийжеде 85 процент халқымыздан да көре, 15 процент бай шахслар ислететуғын электр энергиясы көлеми кескин асып кеткен.

Ҳүкимет қарарына көре, 2024-жыл 1-майдан баслап болса, бул әмелиятқа шек қойылады.

Ендигиден былай, көп электр энергиясынан ҳәм тәбийий газден пайдаланған шахслар мәмлекет бюджетине көбирек пул төлейди.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы "Анасай", "Саманбай", "Нәўпир", "Ақ жағыс", "Каттагар" МПЖ аймақларына тәбийғый газ жеткерип бериўши д 273 мм газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўы себепли, усы жылдың 24-апрель күни саат 14-00ден 18-00ге шекемги аралықта тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/04/24 20:58:18
Back to Top
HTML Embed Code: