☎️ Сиз билиўиңиз керек болған қысқа телефон номерлери

Ҳуқыққорғаў уйымларының исеним номерлери:

🔹 1198 – Салық комитети
🔹 1108 – Бажыхана комитети
🔹 1007 – Бас прокуратура
🔹 1008 – Әдиллик министрлиги
🔹 1107 – Мәжбүрий орынлаў бюросы
🔹 1102 – Ишки ислер министрлиги
🔹 1050/101 – Қутқарыў хызмети (АЖМ)
🔹 1000 – Президент виртуал қабыллаўханасы
🔹 1101 – Айрықша жағдайлар министрлиги
🔹 1253 – Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги
🔹 1096 – Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман)

Сондай-ақ, ҳәмме билиўи зәрүр болған исеним номерлери:

🔸 101 – өрт өшириў хызмети
🔸 102 – милиция
🔸 103 – тез медициналық жәрдем хызмети
🔸 104 – газ хызмети
🔸 1050 – қутқарыў хызмети
🔸 1157 – тәбиятқа зыян жеткериў жағдайлары ҳаққында хабар бериў ушын
🔸 1159 – Тутыныўшыларың ҳуқықын қорғаў агентлиги Call-орайы
🔸 1001 – ҳаўа райын билиў ушын байланыс хызмети
🔸 1004 – анық ўақытты билиў ушын байланыс хызмети
🔸 1054 – «Суўсаз» МУК авария хызмети
🔸 1069, (78) 140-19-19 – дәрихана ҳәм дәри-дармақларды табыў ушын байланыс хызмети
🔸 1347 – ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнатындағы машқалалар бойынша мүрәжат етиў ушын
🔸 1009 – барлық шөлкемлер мәнзили, телефон номерлерин ҳәм басқа мағлыўматларды усыныўшы байланыс номери.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️38 mln boshlang’ich to’lov evaziga SONG PLUS CHAMPION 60 oyga

🐎Ot kuchi: 307
🚀0-100km/soat - 8,1s
🔋Quvvat zaxirasi DM-i: 1100km

📄Sizdan faqat bitta pasport talab qilinadi.

Undan tashqari bizda Muddatli to'lov, Lizing va islomiy lizing ham mavjud.

❗️Ushbu narx sug'urta to'lovisiz ko'rsatilgan.

🤝🏻Avtomobillarimiz batareyasiga 8 yil yoki 150 ming km/gacha kafolat beriladi.

Batafsil ma’lumot uchun:
📞 +998 99 315 0888

👉🏻@byd_urganch

Реклама
❗️Мийнет мигрантларының шаңарақ ағзаларына ҳәр жылы 680 000 сўмнан бир мәртелик материаллық жәрдем пулы бериледи

📄 10.03.2022-жылдағы ПҚ-149-сан Президент қарарына бола,

❗️ҳәр жылы ҳәким жәрдемшилериниң усыныснамасына тийкар:

бағыўшысы сырт елге мийнет миграциясына шығып кеткен ҳәм "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" мәлимлеме системасында дизимде болған шаңарақларға БЕМның 2 есеси (680 000 сўм) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулы бериледи.

👉 @Karakalpak24
❗️Турақ-жайлардың баҳасы түсиўи мүмкин

Айтыўларына қарағанда, бүгинги күнде бирге ислесиўши коммерциялық банклер тәрепинен Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясының қаржылары есабынан екилемши базардан үй-жай сатып алыў ушын арзан ипотека кредитлериниң (17-18 процент) ажыратылыўы ўақтынша тоқтатылған.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🤩 Nòkis Al-Xorezmiy hàm qànigelestirilgen mektepleri ushın EDU Panda olımpıadası!

Perzentin’iz bul mekteplerge aldınnan bilimin sınaqtan òtkizip kòriw imkàniyatı bar!

EDU Panda olimpiada testleri Al-Xorezmiy hàmde qànigelestirilgen mektepleri imtixanına uqsas:
📝 Matematika (30 soraw)
📝 Inglis tili (15 soraw)

‼️ Olimpiada 5,6,7-klasqa ótip atırġanlar ushın!


🗓️Test sànesi: 9-Iyun (qala kúni)
💳Test tòlemi: 20 mıń swm

📂 TESTKE DIZIMNEN OʻTIW

Qosımsha maġlıwmat alıw ushın:
☎️+998906583818

[Kanalımız]
@presidential_school_edu_city

Реклама
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Шақмақтан қалайынша қорғаныў мүмкин?

1 - Айна ҳәм есиклерди ашық қалдырмаң.
2 - Жалғыз турған терек астында турмаң.
3 - Темир тосықлар ямаса темир материалларға жақынласпаң.
4 - Тоғайда болсаңыз ой жерлерге түсип, пәс бойлы тереклер астын паналаң.
5 - Егер ашық майданда болсаңыз, жерге отырыў керек ямаса шуқырлаў жер таўып жатыў керек.
6 - Үйдеги электр үскенелерин электр тармағынан ажыратың.
7 - Егер, велосипед ямаса мотоциклда болсаңыз дәрҳал тоқтаң.
8 - Қол телефоныңызды өширип қойың.
9 - Жуўырмаң.
10 - Антенна ҳәм кабеллерден узақлаў турың.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Үйден шықпастан онлайн түрде некеден өтиў мүмкин екенлигин билесизбе?

Оның ушын сиз my.gov.uz сайтында онлайн арза бериўиңиз керек болады.

Толық мағлыўмат жоқарыдағы видеороликтe

👉 @Karakalpak24
Қарақалпақстанда «Cobalt» тереңликке қулады

Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл районында үлкен тезликте ҳәрекетленип киятырған «Cobalt» тереңликке қулап түсти. Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги хабар берди.

1993-жылда туўылған «Cobalt» айдаўшысы 4Р-182 Төрткүл-Бостан бағдары бойынша үлкен тезликте ҳәрекетленип киятырған ўақытта басқарыўды жоғалтқан. Ақыбетте машина жол шетиндеги тереңликке қулаған. Айдаўшы ўақыя орнында қайтыс болған.

Жағдай бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24
Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады.

❗️Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

💰Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи. (дерек)

👉 @Karakalpak24
🔥Koditsioner + sıylıqǵa Holodilnik!

❄️ Sitronic Koditsionerlarini múddetli tólewge satıp alınǵan zat etiń hám sıylıqǵa Premier SOVITKISh alın!🎁

Buyırtpa beriw ushın :
📞 71-230 -77-99 | Чат

📍Adres: г. Нукус, ул. Ерназара Алакоза, 60 ("Мега Нукус")

📍Adres: г. Кунград, ул. Толеген Айбергенов, дом 1/А ("Mega Park")

* Aksiya 9-iyunǵa shekem ámel etedi!

Telegram | Instagram | Дўконларимиз

Реклама
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Рухсатыңызсыз-ақ атыңызға кредит рәсмийлестирилиўи мүмкинлигин билесиз бе?

Жоқарыда финанслық алдаўшылар қалайынша сизиң рухсатыңыз болмаса да атыңызға кредит ала алыўы ҳаққында түсиник бериледи.

Бундай алданып қалыўлардың алдын алыў мақсетинде Орайлық банк жаңа тәртипти қолламақта.

👉 @Karakalpak24
❗️ Шет тили биринши пән болған тәлим бағдарларына сертификат мәжбүрий болады

☑️ 2025/2026 оқыў жылына қабыллаўдан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән сыпатында белгиленген тәлим бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ямаса халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

📑 Яғный келеси жылдан баслап, қайсы бағдарда шет тили биринши пән (3,2 балл) болса, сол бағдарға тек сертификаты барлар ғана ҳүжжет тапсыра алады.

👉 @Karakalpak24
Pulmakon«CLEVER» микрокредит шөлкеми.
АВТОКРЕДИТ ХӘМ МИКРОҚАРЫЗ

2-СААТТА ШЫГАДЫ
Кредит 10 млн нан 300 млн га шекем бериледи

Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз

АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ

6-айдан 1-1,5 ҳемде 2-жыл мүддетке.

БАСЛАНГЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!

Ҳеш кандай басланғыш төлемсиз!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
Сатыушының ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Сатыушының пластик картасы;
Сатып алыушының паспорты

10 млн   884   000
20 млн  1.767 000
30 млн  2.651 000
40 млн   3.534 000
50 млн  4.418 000
60 млн  5.301 000
70 млн  6.185  000
80 млн  7.068  000
90 млн  7.952  000
100 млн  8.835 000

Айма ай график бойынша төлеп барасыз

https://www.tg-me.com/OLX_NUKUS_GRUP

Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама
❗️Телеграмда “вирус” тарқалды

📩 Сизге танысыңыздан төмендегише қысқа хабар келеди: httpp://gg.gg/1ad1nw Premiumni 3 oyga mutlaqo BEPUL oling!

Сиз бул силтеме үстине бассаңыз ҳәммеси тамам! Сизиң телеграм аккаунтыңызға бийгана адамлар кирип алып сизиң контактыңыздағы досларыңызға арнаўлы ботлар арқалы сизиң атыңыздан усы хабарды оларға жибереди.

‼️ ЕСКЕРТЕМИЗ: Дус келген хабарға исенебермең, гүманлы силтемелерди ашып көрмең, бийпул ақша десе жүгирип кетебермең, телефон номериңизди ҳәр жаққа жазып қалдырмаң, SMS-кодты ҳеш кимге айтпаң, исениўшең болмаң!

Бул хабарды жақынларыңызға тарқатып оларды да ескертип қойың!

👉 @Karakalpak24
Изертлеў: Сөгинип сөйлейтуғынлар бара-бара бул әдетти басқара алмай қалады

Сөгиниў инсандағы уйықлап жатқан сезимлерди қозғап жибереди. Нәтийжеде инсан бирден терлеп ямаса жүрек урыўы тезлеседи. Бул өзгерислер кейин инсан өзин басқара алмай қалады.

Изертлеўлерден мәлим болады, сөгиниў бара-бара инсанның мыйында басқарып болмайтуғын функцияға айланып қалады.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️“Hamster Kombat” ойнағанлар қамалады ма?

Бул ҳаққында толық мағлыўматты видеодан билип алың.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"JV OPTIKA"

🤓😎Бизде, ең заманагөй ускенелерде, көзлериңизди диагностика етиў мумкиншилигине ийесиз;

👨‍⚕️Жоқары қәнийгели офтальмолог шыпакер мәсләхәтин алыўыңыз мумкин;

Сизиң ҳәр бир көзиңизге өз алдына өлшеп, сол жердиң өзинде көзәйнек ислеп бериў мумкиншилигине ийемиз. (Еслетпе 90% жағдайда бир көздиң көриў қабылети екинши көзге салыстырғанда парқ етеди).

Бизде ең улкен көз айнек ассортиментлеринен таңлаў имканиятына ийесиз.
 
👁Және де биздеги көзәйнеклер балаларыңызға компьютер, телефон ойнағанда ҳәр турли нурлардан қорғайды;

Қуяштан сақлайтуғын ҳәр турли модадағы көзәйнеклер;

Көзәйнек тағып журиў унамай атырған болса, көзлериңизге ҳәр қыйлы көринис беретуғын сапалы линзаларды алыў мумкиншилигиңиз бар.

🤗"JV OPTIKA"
Сиз ҳәм  Шаңарағыңыз ушын!

Анық көриў- бул дурыс шешим қабыл етиў мумкиншилиги

Бизди табыў аңсат:


📍Мәнзил: Нукус, Амир Тимур көшеси Бағдар: 3-магазин, Бабажанов студия жанында

Телефон: +998774448888

Телеграм | Инстаграм | Веб-сайт

Реклама
⚡️ Жоқары оқыў орнына кириўде кимлерге жеңиллик берилген?

1.
Зулфия атындағы сыйлықтың лауреатлары (ПП-2326-санлы Пәрман) бакалавриат ҳәм магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи.

2. Усынысқа (тавсиянома) ийе болған әскерий хызметти атқарып келген абитуриентлер (ПҚ-1765-санлы қарар) тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 50% муғдарында қосымша баллға ийе болады.

3. Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлериниң ҳәм оның қурамына кириўши министрлик және мәкемелердиң хызметкерлериниң перзентлерине (462-санлы қарар) квота тийкарында оқыўға кириўге усыныс бериледи. Усыныс мүддети 3 жыл.

4. «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийелери бакалавриат ҳәм магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи (ПҚ-3402-санлы қарар).

5. Жас әскерий хызметкер арасынан жоқары нәтийжелерди көрсеткенлерге әскерий бөлим командирлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми тәрепинен берилетуғын усыныс ийелери оқыў орынларына мәмлекетлик грант квотасына қосымша түрде имтихансыз қабыл етиледи (393-санлы қарар).

6. Майыплығы болған пуқаралар айрықша квоталар шеңберинде тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша таңлаўда қатнасады (393-санлы қарар).

7. Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзаларына берилген усыныс олардың турақлы жасаў жериндеги жоқары оқыў орнының педагогика бағдарына таңлаўдан тысқары кириў имтиханларысыз грант тийкарында қабыл етиледи (914-санлы қарар).

8. «Темурбеклер мектеби» питкериўшилери жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген және қәнигелестирилген оқыў орынларына оқыўға кириў тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 30% муғдарында қосымша баллға, ал басқа жоқары оқыў орынларына тапсырғанда болса – 15% муғдарында қосымша баллға ийе болады (393-санлы қарар).

9. Әскерий музыка академиялық лицейи питкериўшилерине жоқары әскерий оқыў орынларына оқыўға кириў тест сынақларында өзлери топлаған баллдың және 30% муғдарында қосымша баллға, ал басқа жоқары оқыў орынларына тапсырғанда болса – 15% муғдарында қосымша баллға ийе болады (393-санлы қарар).

10. «Тәрбияшы» республика таңлаўы жеңимпазы, медициналық мәкемелер мийрибийкелериниң «Мийрибийке» (Ҳамшира) республика таңлаўы жеңимпазы, «Ниҳол» сыйлығы жеңимпазлары тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм фондлардың усынысларына муўапық бағдары туўры келетуғын жоқары оқыў орынларына таңлаўдан тысқары кириў имтиханларысыз грант тийкарында қабыл етиледи (393-санлы қарар).

11. Мәденият министрлигиниң музыка, аяқ ойыны, театр, фольклор, сондай-ақ Көркем-өнер академиясының сүўретлеў және әмелий көркем-өнер ҳәм дизайн бағдарлары бойынша республика ҳәм халықаралы таңлаўлар жеңимпазларына Мәмлекетлик комиссияның қарары менен тийисли жоқары оқыў орынларының кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларында тараў бойынша ең жоқары балл, белгиленген пәннен максимал балл бериледи (393-санлы қарар).

12. Халықаралық ҳәм республика олимпиадалары, таңлаўлар, жарыслар, танымалы стипендиалар жеңимпазлары болған питкериўшилер тест сынақларысыз ҳәм имтиханларсыз тийисли бағдарлар бойынша жоқары оқыў орынларына қабыл етиледи. Президент ҳәм басқа мәмлекетлик стипендиялар жеңимпазлары болған студентлер тийисли қәнигелиги бойынша магистратураға имтихансыз грант тийкарында қабыл етиледи (393-санлы қарар).

13. «Мехрийбанлық үйи», Балалар поселкалары питкериўшилери, SOS – балалар мәканлары, шаңарақлық балалар үйлери питкериўшилери, сондай-ақ, қайырқомлыққа, қәўендерликке ямаса шаңараққа тәрбияға алынған (патронат) жетим балалар (25 жасқа толмаған) ушын қосымша 1% ке шекем грант тийкарындағы қабыллаў квоталары ажыратылады (ПҚ-5216-санлы қарар).

14. Шет тили бойынша В1 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе болған абитуриентлер шет тилинен тест сынақларында максимал балл бериледи ҳәм шет тили бойынша тест және имтихан тапсырмайды (393-санлы қарар).

15. Халықаралық имтихан сертификатларына (TOEFL, IELTS, CEFR, SAT General, SAT Subject ҳ.т.б.) ийе абитуриентлер шет тилинен тест сынақларында максимал балл бериледи ҳәм шет тили бойынша тест және имтихан тапсырмайды (468-санлы қарар).

Дерек

👉 @Karakalpak24
My.gov.uz порталында қандай хызметлерден онлайн пайдаланыў мүмкин?

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси хызмети ушын лицензия бетин алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/357 — Электрон санлы қол таңба алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққында гүўалық алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўыға ўақтынша шеклеў қойылғанлық жағдайын тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өзин-өзи бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған мийнет ҳақы суммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Пенсия белгилеў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors АЖ арқалы автомобиль сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Шет елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптер"инде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптер"инде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — Темир дәптерде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/870 — Студентлер турақ жайына жайласыў ушын арза жибериў (1-курс студентлери ушын);

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Автотранспорт қуралларының қадаған етилгенин тексериў;

👉 @Karakalpak24
2024/06/08 02:30:32
Back to Top
HTML Embed Code: