ЎАҚТЫНША ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛГЕН ЖӨНЕЛИСЛЕР ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТ
👇👇👇

1. 5-санлы  "Орайлық базар-Жийдели байсын автовокзал" 10 дана  микроавтобус

2.  7-санлы "Орайлық базар-Қум аўыл (Мардан ата көшеси)" 12 дана микроавтобус

3. 12-санлы  "Орайлық базар-Қызкеткен елаты (Рес.ГАЙ)"  12 дана микроавтобус

4.  14-санлы  "Орайлық базар-Нөкис қалалық саўда комплекси"  8 дана микроавтобус

5.  17-санлы "Орайлық базар-Нөкис арқа-батыс автовокзал" 15 дана микроавтобус

6. 30-санлы  "Орайлық базар-Шымбай гүзары МПЖ(14-көше)"  10 дана микроавтобус

7.  36-санлы  "Орайлық базар-Кебир аўыл"  12 дана микроавтобус

8. 43-санлы "Орайлық базар-Таслақ елаты(Мал базар)"  10 дана микроавтобус

9.  52-санлы "Орайлық базар-10-санлы мектеп интернат"  10 дана микроавтобус

10.  57-санлы  "Орайлық базар-Нөкис арқа-батыс автовокзал"  12 дана микроавтобус

11.  65-санлы  "Орайлық базар-Саманбай елаты (Жағалық көшеси)"  8 дана микроавтобус

12.  4-санлы  "Нөкис арқа батыс автовокзал-Нөкис қалалық саўда комплекси"  14 дана микроавтобус

13. 19-санлы  "Нөкис Әскерий горнизоны-Жийдели байсын автовокзал"  10 дана микроавтобус

14. 54-санлы  "М.Дәрибаев көшеси-Қарақалпақстан көшеси-Онкология диспансери"  8 дана микроавтобус

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Сапаров Урынбасар Нийетбаевич - Бозатаў районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

У.Сапаров жаңа лаўазымға тайынлаўға шекем Бозатаў районы “Бозатаў” посёлка пуқаралар жыйынында мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында жумыс ислеген.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Талан-тараж етиў жынаяты анықланды

Амиўдарья районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 67-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ҳәм 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ысытыў казанларын сатып алыў ҳәм даслепки қурылыс ремонтлаў ислери ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған бюджет қаржыларының 1 млрд. 184 млн. 507 мың сўм бюджет қаржылары өзлестириў ҳәм растрата қылыў жолы менен талан-тараж етилген.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими “а”-бәнти менен жынаят иси қозғатылған.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ “АРНАЎЛЫ РАКУРС” - Өзбекстан Республикасы Президенти Мәлимлеме хызметиниң социаллық тармақларындағы рәсмий бетлеринде әҳмийетли хабарлар енди қарақалпақ тилинде!

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Телеграмда “вирус” тарқалды

📩 Сизге танысыңыздан төмендегише қысқа хабар келеди: httpp://gg.gg/1ad1nw Premiumni 3 oyga mutlaqo BEPUL oling!

Сиз бул силтеме үстине бассаңыз ҳәммеси тамам! Сизиң телеграм аккаунтыңызға бийгана адамлар кирип алып сизиң контактыңыздағы досларыңызға арнаўлы ботлар арқалы сизиң атыңыздан усы хабарды оларға жибереди.

‼️ ЕСКЕРТЕМИЗ: Дус келген хабарға исенебермең, гүманлы силтемелерди ашып көрмең, бийпул ақша десе жүгирип кетебермең, телефон номериңизди ҳәр жаққа жазып қалдырмаң, SMS-кодты ҳеш кимге айтпаң, исениўшең болмаң!

Бул хабарды жақынларыңызға тарқатып оларды да ескертип қойың!

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Не ушын электроэнергия ҳәм тәбийий газдың классификацияланған тарифлери енгизилиўи керек болды?

Бизге мәлим болыўынша, усы ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасында 1 кВт электр энергиясын ислеп шығарыў баҳасы 970 сумды, 1 куб метр тәбийий газди ислеп шыгарыў баҳасы болса 1890 сумды қураған.

Бирақ, мәмлекет тәрепинен жеңиллик болыўы ушын электр энергиясы ҳәм де табийий газ халқымызға өзиниң баҳасында сатылмаған. Яғный, усы ўақытқа шекем мәмлекет 1 кВт электр энергиясын халыққа 295 сумнан жеткерип берген болса, қалған 675 сумын бюджет есабынан субсидия тәризинде төлеп келген. Бул жағдай тәбийий газге де қолланылған (1 куб метр газдиң 380 сумын халық, 1510 сумын мәмлекет төлеген)

Мағлыўмат ушын, мәмлекет бюджети бул - халық төлеген салық дегени. Демек, субсидия ушын ажыратылатуғын пулларда халықтың бюджети болып есапланады.

Өткерилген тәжрийбелерге көре, орташа бир шаңарақ, кондиционер, кир жуўыў машинасы, утюг, телевизор пайдаланғанда айына 183 кВт-саат электр энергиясынан пайдаланған болып шыққан.

Ал бассейинин ысытатуғын, сауна қурған бай шахслар болса айына 5 мың кВт-саат электр энергиясы ислеткен.

Әлбетте, 5 мың кВт-саат электр энергиясы өзиниң есабынан емес, мәмлекет бюджети есабынан "төленген". Берилип атырған субсидияның кәмбағалдан да көре, байларға көбирек пайдасы тийген.

Нәтийжеде 85 процент халқымыздан да көре, 15 процент бай шахслар ислететуғын электр энергиясы көлеми кескин асып кеткен.

Ҳүкимет қарарына көре, 2024-жыл 1-майдан баслап болса, бул әмелиятқа шек қойылады.

Ендигиден былай, көп электр энергиясынан ҳәм тәбийий газден пайдаланған шахслар мәмлекет бюджетине көбирек пул төлейди.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы "Анасай", "Саманбай", "Нәўпир", "Ақ жағыс", "Каттагар" МПЖ аймақларына тәбийғый газ жеткерип бериўши д 273 мм газ тармағында оңлаў жумыслары алып барылыўы себепли, усы жылдың 24-апрель күни саат 14-00ден 18-00ге шекемги аралықта тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкистеги автобусларда жол ҳақыны пластик карта арқалы төлеў имканы жаратылды

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң билдириўинше, Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 дана автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүддетинен алдын пенсияға шығарып бериў есесине пара талап еткен лаўазымлы шахс усланды.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Етикшиниң муҳаббаты- турмыстағы көринислери

Ата кәсибин меңгерген Ижод, әкесиниң жетегине ерип, аяқ кийимлерди жамаў, тигиў сырларын үйренип алған.
Ижод өзбек миллетли.Ол Қарақалпақстанды соншелли жақсы көргенлигинен жумыста, үйде тек ғана қарақалпақша қосықларды тыңлайды.
Әсиресе, аяқ кийимлерди тигиў ўақытында Ана Ўатан  ҳаққында қосықларды еситкенде йошланып кетер екен.

-Бул аяқ кийимлер кимлер ушын гөнерген болып көринер. Мен туфли, етиклерди қолыма услап атырып, Ўатанласларымның аяқ кийими сыпатында меҳир берип қарайман. Душпан аяққа қарайды дегениндей, етиктиң жамалғанлығын билдирмей тигемен, дослары алдында басын тик усласын деймен,-дейди қаракеңше қосыққа жаны қумар Ижод.

Жүз мәрте еситкеннен бир мәрте көрген абзал, дегениндей, қызықлы сәўбетимизди толығы менен тамашалаўды усыныс етемиз.

Лайк түймесин басыўды умытпаң, 👍 алдағы дөретиўшилик жумысларымызға және де илхам бағышлайды.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
IT - бул келешек

Биринши Қарақалпақстан IT Форумы өткерилди

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрине орынбасар тайынланды

Тлеумуратов Мирас Генжемуратович – Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

М.Тлеумуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының Инвестицияларды тартыў, исбилерменлер менен ислесиў ҳәм олардың жумысын муўапықластырыў секторы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

🔷Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы:

2-аймақ 1-участкада (“Саманкөл” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер;


9-аймақ 1-участкада (“Әмиўдарья” АПЖ) комплекс социаллық хызмет көрсетиўши хызметкер.

🔷 Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

▫️ Мүрәжатлар менен ислесиў секторы бас қәнигеси.

🔷 Қоңырат районы ҳәкимлиги:

▫️ “ Қоңырат ” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.


🔷 Бозатаў районы ҳәкимлиги:

▫️ “ Бозатаў ” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Мәмлекетлик салық басқармасы:

▫️ Хожели районы мәмлекетлик салық инспекциясы: Баслық биринши орынбасары.

▫️ Беруний районы мәмлекетлик салық инспекциясы: Баслық орынбасары.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Қанлыкөл районы аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы жетекши қәнигеси.

🔷 Тоғай хожалығы комитети:


▫️ Қанлыкөл қәнигелестирилген мәмлекетлик тоғай хожалығы: Тоғай кадастр инженери.

🔷 Әмиўдарья районы ҳәкимлиги:

▫️ “ З.М.Бобур” АПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Нөкис қаласы ҳәкимлиги:

▫️ “ Халықлар дослығы” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы:

▫️ Төрткүл районы Ҳайўанлар кеселликлери диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәмлекетлик орайы бухгалтери.

🔷 Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети:

▫️ Бозатаў районлық бөлими: кадрлар бойынша инспектор.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Мойнақ районлық бөлими баслығы.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Әмиўдарья районлық бөлими: мәҳәлледеги жаслар жетекшилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша бас қәниге.

▫️ Нөкис районлық бөлими: “Ақ терек” АПЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Нөкис районлық бөлими: “Саманбай” АПЖда жаслар жетекшиси.

❗️Aрзалар 30.04.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тайынлаў

Уббиева Гуласен Амангелдиевна
- Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Г. Уббиева усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм басланғыш шөлкемлер менен ислесиў бойынша бас қәнигеси лаўазымында жумыс алып барған.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️2025-жыл 5- январьдан интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў искерлигин ҳәм букмекерлик искерлигин әмелге асырыўға рухсат етиледи.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Муртазаев Мухтар Махсетович Қоңырат районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
“Қарақалпақстан ҳаўазы” телеграм ҳәм инстаграм каналы сатылады.

Каналды жүритип алып кетемен дегенлер болса реклама арқалы айына 300$ ға шекем дәрәмат алыўға болады.

Қосымша бәрше сораўлар бойынша @Qrhawazi_admin мәнзилине мүрәжәт етиң.
Нөкисте мектеп оқыўшыларының фото ҳәм видеоларын тарқатпаў есесине 300 доллар алған шахс усланды

Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын тарқатпаў ушын пул талап еткен шахс усланды. Бул ҳаққында ИИМ Киберқәўипсизлик департаменти хабар берди.

Айтылыўына қарағанда, Нөкис қаласында жасаўшы К.Р. ҳәм П.Л. атлы еки ҳаял ИИОға мүрәжат етип, “aiaulim.04.04” атлы профил ийеси ер жетпеген мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын жарыялаў менен қорқытып, олардан пул талап етип атырғанын хабар берген.

Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив-излеў илажлары нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласында жасаўшы 27 жаслы Ж.А. ислегени анықланған.

Гүманланыўшы ретинде тергеў ҳәрекетлерине қосылған Ж.А. ер жетпеген жәбирлениўшилер С.А. ҳәм Й. Й. атлы қызларға өзин қыз бала ретинде таныстырып, олардың исенимине кириў арқалы бир неше сыр сақланыўы керек болған жеке фотосүўрет ҳәм видеоларын қолға киргизген. Соннан кейин оларды тарқатыў менен қорқытып, тарқатпаў есесине 300 доллар муғдарында пул талап еткен ҳәм усы пулларды алып атырған ўақтында Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери тәрепинен айғақлы дәлил менен усланып, тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилген.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 165-статьясы 2-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, М.А. тәрепинен исленген, бирақ еле анықланбаған сол түрдеги жынаятларға байланыслы екенлигин тексериў мақсетинде оператив-излеў жумыслары алып барылмақта.

Каналға ағза болың:
🕊Телеграм | 📱Инстаграм
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/04/29 02:36:57
Back to Top
HTML Embed Code: